KELESHEK Akademiyası
@keleshekuz
Инновациялық билимлер
Робототехника ҳәм бағдарламалаў курслары
- Бизиң мақсетимиз - балаларға ҳәм жасларға робототехника, бағдарламалаў, компьютер графикасы, SMM ҳәм басқа да компьютер илимлериниң сырларын үйретип, заманагөй кәсиплерге таярлаў. Усылар арқалы елимиз IT-тараўын еле де раўажландырыў.
Курсларымызда тек ғана техник билимлер берилип қойылмастан, оқыўшыларымыздың дөретиўшилик, командада ислесиў, өз мақсетлерине ерисиў көнликпелерин раўажландырыўға да айрықша итибар бериледи. Соның менен бир қатарда балалар ушын зеригерли болған теориялардың орнына, курсларымыз жарыс ҳәм ойын көринисинде алып барылады.
Менторларымыз командасы көп жыллық тәжирийбеге, жоқары билим дәрежесине ҳәм педогогик қәбилийетке ийе жаслардан ибарат. Веб сайтымыз
Бизиң Instagram
Бизиң Facebook
Мәнзилимиз
- Нөкис қаласы, Қарақалпақстан көшеси, 23-жай
Ташкент мийманханасы қасындағы Жаслар Орайы имаратында жайласқанбыз